Telegram Group Search
Бүгин Қарақалпақстан Республикасында және бир тәрийхый күн !

Қарақалпақстан тәрийхында БИРИНШИ рет "Нөкис - Истанбул - Нөкис" авиажөнелисиниң биринши рейсы аспанға пәрўаз етти 👏 !

Усы рейс пенен мениң қаналас болып кеткен жан достым шаңарақ ағзалары менен ушты. Мен оннан "жақсыны көрмек ушын" дегендей достым видео,фото көринислер жибериўин сораған едим, ушпасамда,ишинде болғанымдай қуўаныштаман !
Қарақалпақстан менен дүнья мәмлекетлериниң қатнас жасап баслап атырғанынан қуўанышлыман !

Бул авиарейс қойылыўы бир ручканың ушы менен қойылған имза емес, ал ҚР Жоқарғы Кеңес Баслығының, ҳүкимет басшыларымыздың усыныслары, ҳүрметли Президентимиздиң қоллап - қуўатлаў шарапаты менен болып атырған тәрийхый ўақыя болып табылады !


Каналға ағза болыў: @hoja_uz
⚡️Рәсмий: 5 пән, 90 тест, 3 саат ўақыт! Максимал балл 189 болады!

Кириў имтиханында 5 пәннен жәми 90 сораў түседи.

👉 Барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбурий болған 3 пән бойынша:

Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) - 10 сораў.
Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан.
Максимал балл – 11 балл.

Математика - 10 сораў.
Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан.
Максимал балл – 11 балл.

Өзбекстан тарийхы - 10 сораў.
Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан.
Максимал балл – 11 балл.
Жәми топлаў мүмкин болған балл - 33 балл.


Бакалавриат тәлим бағдарына мас болған 2 пән:

1-пән: 30 сораў х 3.1 балл = 93.0 балл
2-пән: 30 сораў х 2.1 балл = 63.0 балл
60 сораўдан жәми 156,0 балл.

⌛️Улыўма, абитуриентлерге 5 пән бойынша жәми 90 тест тапсырмасы бериледи. 90 тест ушын ажратылатуғын ўақыт 3 саат.

(#)

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Нөкис - Алмата - Нөкис

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Мойнақта парашюттан секириў ҳәм ҳаўа дайвинг орайы қурылыўы мүмкин

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген аймақларда туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм де шет елден келетуғын туристлер санын еле де көбейтиў ис-илажлары ҳаққындағы видеоселектор жыйналысында айтылып өтилди.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Мойнақ районы ҳәкимлиги:

▫️ “Тик өзек” АПЖ да ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети:

▫️ Кегейли районлық бөлими: “Абат” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

🔷 Қараөзек районы ҳәкимлиги:

▫️ Бас есапшы.

🔷 Мәмлекетлик салық басқармасы:

▫️ Қоңырат районы салық инспекциясы: салық қадағалаў секторы баслығы.

▫️ Хожели районы салық инспекциясы: баслықтың биринши орынбасары.

❗️Aрзалар 04.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
4-аймақ 2-участкада (“Тозабоғ” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

▫️ Мойнақ районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
1-аймақ 1-участкада (“Мойнақ”, “Арал” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

3-аймақ 1-участкада (“Қазақдарья” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

▫️ Қанлыкөл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:
социаллық хызметлерди шөлкемлестириў бойынша қәниге.

🔷 Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети:

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: “Дәўир” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Мәдели” МПЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Тақыятас районлық бөлими: мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша бас қәниге.

🔷 Суў хожалығы министрлиги жанындағы мелиоратив экспедиция басқармасы:

▫️ Мелиорация ҳәм суў хожалығы шәртлерин комплекс анализлеў бөлими: инженер мелиоратор.

🔷 Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги:

▫️ Зыянлы организмлерди прогнозластырыў ҳәм мониторинг қылыў бойынша бас қәниге.

❗️Aрзалар 05.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Тик өзек” МПЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Мойнақ районлық бөлими: “Қызыл жар” МПЖда жаслар жетекшиси.

❗️Aрзалар 06.06.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Пособия"ны жыйнап 10 тигиў машинасын алған ҳаял...

"Қызыл қум"лы Рано әнейи ҳаял емес. Ол туўылған ўақыттан-ақ, тәғдир сынақларына душар болған. Өзиниң шаққанлығы, турмысқа исбилермен көзи менен қарап, қыйыншылықларға мойымай ҳәрекет етти.
Бүгин де оның қолынан дөрелген миллий кийимлердиң базары шаққан. Оның идеялары менен тигилген миллий нағыслы, қурақ көрпе-көрпешлер, тақыя, шапанлар ҳәм көйлеклерди саяхатшылар Қарақалпақстаннан миллий бренд, естелик сыпатында еллерине алып кетеди.
-Ишки базарымызды толтырып қойғым келеди. Бирақ, менде ўақыт жоқ. Талап бар мен биреўмен ғой.
Ҳәзирги күнде он шәкирттиң устазыман. Сонда да қол жетиспейди,-дейди Рано апа.
Даўамы бар..

https://www.tg-me.com/nukuspress
Алдаўшылық жынаяты анықланды

Пуқара С.А. 2023-2024-жыллар аралығында лицензиясы болмасада “Гиппократ” мәмлекетлик емес техникумының медицина тараўы бойынша арнаўлы диплом алып бериўди ўәде етип, 91 пуқарадан жәми 311.238.000 сўм пулларын алдаўшылық жолы менен алғанлығы анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 4-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
💰 Айырым абитуриентлер тест тапсырыў ушын 170 мың сум пул төлейди

Хабарыңыз бар, 5-июнь сәнесинен баслап абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

📱 Онлайн дизимге алыў процеси усы жылдың 25-июнь сәнесине шекем, яғный, 25-июнь күни де даўам етеди.

Қайсы категориядағы абитуриентлер тест сынағын тапсырыў ушын төлем төлемейди?

➡️ Олар:

▪️тест сынақлары өткерилип атырған жылда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер;
▪️майыплығы болған шахслар;
▪️толық мәмлекет тәмийнатындағы шахслар (меҳрибанлық үйи ҳәм балалар қалашасының питкериўшилери);
▪️«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери;
▪️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар;
▪️жеңиллик тийкарында тиккелей студентликке усыныс етилетуғын абитуриентлер төлемди әмелге асырмайды.

☑️ Еслетип өтемиз, жоқарыдағы категорияларға кирмейтуғын абитуриентлер ушын быйылғы төлем муғдары170 мың сум.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
⚡️ «Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogi»nıń ashılıw máresimi bolıp ótedi

Búgin, 7-iyun saat 19:00de Nókis qalası ǵárezsizlik arkasında «Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogi»nıń ashılıw múnásibeti menen gala-koncert bolıp ótedi.

Atap aytqanda, koncertte qaraqalpaq estrada juldızları ózleriniń kewilge unamlı qosıqları menen siz azizlerge xosh keypiyat inám etedi.

🤩 Bársheńizdi mirát etemiz!

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Бүгин "Кладбище кораблей" аймағындағы сахнада "STIHIA GEN" жойбарының шеңберинде Мойнақ көркем өнер ҳәм музыка мектебиниң оқыўшылары профессионал диджейлер менен бирге сахнаға шығады.

Олар қарақалпақ миллий саз әспабларында заманагөй техно музыка менен коллабарация усылында өзлериниң жаңа дөретпелерин фестиваль аудиториясына инәм етеди.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Саида Мирзиёева: Билимлендириў сапасын жақсылаў – мәмлекетимиз сиясатының, алып барылып атырған реформалардың ең әҳмийетли жөнелислеринен бири

Президент жәрдемшиси «Табыслы реформалар – жоқары нәтийжелер» халықаралық анжуманында қатнасты.

“Конференцияда билимлендириўге тийисли мәселелер бойынша тәжирийбе алмастық, халықаралық бирге ислесиўшилер менен пикирлесиў процесинде тараўдағы алдынғы усыллар менен таныстық.

Үмит етемен, бул идеялар методикаларымызды жақсылаўға, оқытыўшыларды билимлендириў системасындағы жаңалықларға таярлаўға жәрдем береди»,

— Саида Мирзиёева.
🔥 Жанлы ҳаўаз

Бул талантлы жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Йош” эстрадалық жойбарының 2-басқышынан көринис.

Әўметли жойбар менен қутлықлайман! Бәршеси жоқары дәрежеде, көз қуўанады. Жойбардың көплеген саҳра бүлбиллерин шығарыўына исенемиз.

Жойбарды тамашалаўға мирәт еткенлиги ушын шөлкемлестириўшилерге айрықша рахмет айтамыз!

🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында "YOSH" эстрадалық жойбарының Финал басқышы болып өтеди

Басланыў ўақты саат 18.00де
Кириў бийпул.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
⚡️Жаңа оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў ўақты жәрияланды

2024-2025-оқыў жылы ушын 1-классқа қабыллаў 20-июннан басланады.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
Айтыўларына қарағанда, бүгин Нөкис қаласында Өзбекстан эстрада қосықшылары қатнасыўында гала концерт болып өтеди

Кириў бийпул.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
#Onlayn

“Jańa Ózbekstan jasları birleseyik” súreni astındaǵı Jaslar aylıǵına start beriw aldınan ótkerilip atırǵan gala-koncert baslanıw aldında tur.

Bársheńizdi gala-koncertimizge mirát etemiz!

Mánzil: Nókis qalası, I.V.Savickiy múzeyi aldında

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Бүгинги гала концертке Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Аманбай Орынбаев келди ҳәм жасларды қызғын қутлықлады.

Каналға ағза болың 👇🏻👇🏻👇🏻
https://www.tg-me.com/Қарақалпақстан ҳаўазы/com.Qaraqalpaqstan_xawazi
2024/06/11 03:25:15
Back to Top
HTML Embed Code: